Жигитлер әскерий хызметке, Ўатанды қорғаўға атланды

Жигитлер әскерий хызметке, Ўатанды қорғаўға атланды

09.03.2023 17:53:35 163 Баспаға шығарыў

Бүгин Нөкис қаласының орайындағы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары жайласқан майданда мүддетли әскерий хызметке шақырылыўшыларды шығарып салыў ҳәм «Ўатан таянышы» ҳәрекетиниң ағзаларына арнаўлы көкирек белгиси ҳәм гүўалықларды тапсырыўға арналған салтанатлы илаж болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, бир қатар жаслардың мүддетли әскерий хызметти өтеўге мүнәсип деп табылып, ана Ўатан алдындағы перзентлик парызын өтеў ушын кетип баратырғаны ҳәм «Ўатан таянышы» ҳәрекетиниң ағзаларына арнаўлы көкирек белгиси ҳәм гүўалықлардың тапсырылыўы мүнәсибети менен қутлықлады.

Айтып өтиў орынлы, соңғы жыллары Ҳүрметли Президентимиз – Қураллы Күшлеримиз Жоқары Бас Сәркардасы тәрепинен елимиздиң қорғаныў потенциалын күшейтиў, Қураллы Күшлеримизди беккемлеў, әскерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм басқа да усы бағдардағы мәселелерге үлкен итибар қаратылмақта.

Усындай көлемли илажлар нәтийжесинде Миллий армиямыз халқымызды исенимли қорғаў менен бирге, жас әўладты мәртлик, Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлери менен тәрбиялайтуғын турмыс мектебине айланып, онда ҳәр тәреплеме саламат жаслар камалға келмекте.

Өткерилген илажда Нөкис қаласы ҳәм Нөкис районындағы ең белсенди болған төрт “Ўатан таянышы” отряды ағзаларына арнаўлы көкирек белгиси ҳәм гүўалықлар салтанатлы түрде тапсырылды ҳәм әскерий оркестор намалары астында Ўатанды қорғаўға атланған жасларға ақ жол тиленип, мәртлер қатарына шығарып салынды.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content