Сәрдарлар Кеңеси Жаслар аўқамы ҳәм «Камалак» балалар шөлкеминиң өзин-өзи басқарыў уйымы есапланады.
Сонлықтан бундай жуўапкершиликли ўазыйпаны атқара алатуғын мүнәсип талабанларды сайлап алыў мақсетинде 49-санлы улыўма билим бериў мектебинде Шымбай районлық Сәрдарлар Кеңеси ағзалығына талабанлар менен сәўбет өткерилди.
Сәўбетте район ҳәкими орынбасары У.Қалилаев, Өзбекстан жаслар аўқамы жергиликли Кеңеси баслығы С.Жолымбетова, Халық демократиялық партиясы Шымбай районлық Кеңеси баслығы Б.Турдымуратов, Республика руўхыйлық-ағартыўшылық орайы жергиликли бөлими бас қәнигеси Ш.Жиенбаевлар қатнасты.
Сәрдарлар Кеңеси ағзалығына талабанлар өзлериниң сайлаў алды дәстүрлери менен қатнасты.
Өзлериниң теңлеслерине билими, мәденияты, зийреклиги менен үлги бола алатуғын талабанлар тийкарынан сәрдар сыпатында 2020-2021 оқыў жылында искерлик көрсетеди.
Жаслар арасында ғәрезсиз пән олимпиадаларын шөлкемлестириў, мәдений илажлар өткериў, имкәнияты шекленген теңлеслери ҳалынан хабар алыў, әтирап-орталықтың тазалығына итибар бериў, миллий халық ойынларын үгит-нәсиятлаў, балалар журналистикасын раўажландырыў сыяқлы мақсетлерди алдына қойған жасларға исеним сертификатлары тапсырылды.