8 – март – “Халықаралық ҳаял-қызлар күни” байрамы Шымбай районында көтериңки руӯхта өткерилди

8 – март – “Халықаралық ҳаял-қызлар күни” байрамы Шымбай районында көтериңки руӯхта өткерилди

07.03.2023 18:47:47 264 Баспаға шығарыў

Шымбай  районында 8 март – “Халықаралық ҳаял-қызлар күни” байрамы мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди. Онда районымыздың нураный аналары, жәмийет турмысында белсендилик көрсетип киятырған ҳаял-қызлар, түрли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем ўәкиллери қатнасты. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Жаслар сиясатын раўажландырыў ҳәм руўхый ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Абатбай Данияров қатнасып, барлық ҳаял-қызларды байрам менен қытлықлады.

Ҳәр бир тараўда өзиниң белгили дәрежеде орны бар бизиң  районымыздың белсенди ҳаял-қызлары  ҳәр қашанғыдай байрам мүнәсибети менен бүгин де иззетте. Себеби, олар ҳәр бир шаңарақтың гүли, жәмийеттиң де  жүгин қоса тартып жүрген өз кәсибиниң пидайылары,  бири медицинадан болса, бири билимлендириўден  және бири аўыл хожалығы тараўының жанкүйерлери.

Салтанатлы кешеде мәмлекет ҳәм жәмийет турмысында белсендилиги, өзлериниң нәтийжели мийнети менен ажыралып киятырған бир топар  ҳаял-қызларымыз «Ҳүрмет жарлығы» ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content