Жоқарғы Кеңес Баслығы байрам қарсаңында қоңыратлы 10 ҳаял-қызға жаңа турақ-жайлардың гилтин тапсырды

Жоқарғы Кеңес Баслығы байрам қарсаңында қоңыратлы 10 ҳаял-қызға жаңа турақ-жайлардың гилтин тапсырды

05.03.2023 17:45:05 171 Баспаға шығарыў

Соӊғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға, олардың машқалаларын үйрениў ҳәм унамлы шешиўге, бәнтлигин тәмийинлеўге, социаллық-сиясий белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, аўыр турмыс шараятына түсип қалған, кем тәмийинленген ҳәм турақ-жайға мүтәж ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў илажлары да жаңа басқышларға көтерилип бармақта.
Усындай ийгиликли жумыслар республикамыз аймағында да кең түрде даўам еттирилип атыр.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районындағы социаллық жәрдемге мүтаж 10 ҳаял-қызға жаңа турақ-жайлардың гилтин тапсырды.

Айтып өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарарына муўапық «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери» ҳәм «Темир дәптер»ге киргизилген ҳаял-қызларды турақ-жай менен тәмийинлеў мақсетинде район аймағынан жәми 1 млрд. 664 млн. сўмлық 10 турақ-жай сатып алынды.

Заманагөй етип қурып питкерилген бул турақ-жайларда барлық қолайлы шараятлар жаратылған болып, өз нәўбетинде жаңа үйлердиң ийелериниң көзинде ҳүрметли Президентимиз басшылығында бүгинги күнде әмелге асырылып атырған реформалардан миннетдаршылық сезими көринеди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳаял-қызларды кирип киятырған байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, жаңа имарат олардың жақсы күнинде хызмет етиўин тиледи.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content