Өткерилген ушырасыўда бүгинги күнде жазыўшы-шайырларымызға итибар қаратыў, ғалаба хабар қуралларының еркин жумыс алып барыўын тәмийинлеў, олардың мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды халқымызға жеткерип барыўдағы ролин күшейтиў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар кең түрде сөз етилди.
Айтып өтиў орынлы, елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, турмыста өз сәўлесин таўып атырған ийгиликли басламалар, заманымыз қаҳарманларының бүгинги келбети, мийнет пидайыларының әдиўли хызметлери, реал турмысқа көшкен саўаплы ислерди халқымызға жеткерип бериўде, өсип киятырған жас әўладты ана Ўатанға садықлық, миллий Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда жазыўшы-шайырларымыздың, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң орны айрықша. Себеби, олар бүгинги ийгиликли әмеллердиң кең жәмийетшиликке жетип барыўында баслы хызмет атқарады.
Ашық-айдынлыққа тийкарланған ушырасыўда еркин түрде пикир алмасылып, усыныслар тыңланды.
Өз нәўбетинде ел таныған жазыўшыларымыз, шайырларымыз ҳәм журналистлеримиз Жоқарғы Кеңес Баслығының көрсетип атырған итибары, өткерилген жақыннан сәўбет ушын миннетдаршылығын билдирди ҳәм өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.