ЮНИСЕФ шөлкеми тәрепинен республикамыз аймағында әмелге асырылып атырған жумысларға арналған илаж болып өтти

ЮНИСЕФ шөлкеми тәрепинен республикамыз аймағында әмелге асырылып атырған жумысларға арналған илаж болып өтти

03.03.2023 09:40:02 202 Баспаға шығарыў

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәжилислер залында Қарақалпақстанның алыс районларында халықты тазаланған ишимлик суўы менен тәмийинлеў, санитария ҳәм гигиена шәраятларын жаратыў бойынша ЮНИСЕФ шөлкеми тәрепинен әмелге асырылған жумысларға арналған илаж болып өтти.

Онда шөлкем ўәкиллери, денсаўлықты сақлаў тараўы жуўапкерлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Қарақалпақстанда халықтың, соның ишинде балалардың саламатлығын беккемлеўде ЮНИСЕФ пенен биргеликтеги жумыслардың әҳмийети айрықша. Регионда аналар ҳәм балалар саламатлығын беккемлеўде үлкен нәтийжелерге ерисилмекте, ал, ҳәзир медициналық мекемелерде ҳәм мектеплерде таза ишимлиу суўы, санитария ҳәм гигиена, медициналық шығындыларды сапластырыў бойынша инфраструктураны жақсылаўға қаратылған инвестициялық жумысларды әмелге асырыў илажлары даўам еттирилмекте.

Таза ишимлик суўы, санитария ҳәм гигиена имаратлары инфраструктурасын жақсылаў бағдарламасы Бирлескен Миллетлер шөлкеми менен биргеликте ЮНИСЕФ басшылығында әмелге асырылып атырған «Жас ɵспиримлердиң денсаўлығын, аўқатланыўын, руўхый саламатлығын жақсылаў арқалы Қарақалпақстанның турақлы раўажланыўына инвестиция киргизиў» бағдарламасының бир бөлими есапланады.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content