Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласында әмелге асырылып атырған жумысларды барып көрди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласында Президент қарары тийкарында әмелге асырылып атырған жумысларды барып көрди ҳәм соның менен бирге мәҳәллелерде пуқаралар менен ушырасып сәўбетлести.
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы Қутлы Қоныс ҳәм «Ҳаўа жоллары» мәкан пуқаралар жыйынларына барып, аймақта Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 25-октябрь күнги “2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы 408-санлы қарары тийкарында алып барылып атырған қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын көзден өткерди.
Нөкис қаласында әмелге асырылып атырған жумысларды көзден өткериў шеңберинде Жоқарғы Кеңес Баслығы халқымызға сапалы ишимлик суўын жеткерип бериў, соның менен бирге аўыл хожалығы майданларына суў ресурсларын тежеўши үскенелер арқалы суў жеткерип берилиўин тәмийинлеўде әҳмийетли болған суў қубырларын ислеп шығарыўшы “SOF POLYMER” ЖШЖ кәрханасы жумыслары менен жақыннан танысты. Кәрханада бүгинги күнде ислеп шығарыў көлеми арттырылып атырған болып, Қос көл мәкан пуқаралар жыйыны жаслары ушын жаңа жумыс орынлары жаратылмақта.
Алып барылып атырған көлемли жумыслар нәтийжесинде турмыс абаданлығын сезинип атырған пуқаралар Президентимиз басшылығында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм жаңаланыўлар турмыста өз сәўлесин таўып атырғанлығын айтып өтти ҳәм миннетдаршылығын билдирди.