Жоқарғы Кеңес Баслығы Абаданластырыў хызметкерлери менен ушырасып, мақтанышлы ҳәм машақатлы мийнетлери ушын миннетдаршылық билдирди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың Нөкис қаласындағы Абаданластырыў басқармасы хызметкерлери менен ушырасыўы болып өтти.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласында әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын әмелге асырыў, қаламыз тазалығын ҳәм мәҳәллелердиң абаданлығын тәмийинлеўда тараў пидайылыраның хызметлериниң айрықша екенлигин атап өтти.
Өткерилген ушырасыўда Нөкис қаласының тазалығын сақлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыўды еле де жетилистириў мақсетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы бир қатар тараў хызметкерлерине арнаўлы техникалардың гилтлерин, жаңа хызмет формалары менен бирге баҳалы саўғаларды тапсырды.