Бүгин 2023-жыл 27-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы баслығы С.Худайбергенов пенен биргеликте пўқаралардың мүрәжатларын қабыллады.
Қабыллаўда, пуқараларымыз тәрепинен турақ-жай менен тәмийинлеў, бәнтлик, материаллық жәрдем ҳәм тағы басқада мәселелер бойынша мүрәжатлар келип түсти.
Мүрәжатлар тийисли тараў басшылары менен биргеликте үйренилип, айрым мүрәжатлар қабыллаўда унамлы шешилди.
Сондай-ақ, мүддет талап ететуғын машқалалар ушын исши топар дүзилип, мәселе орнына шыққан ҳалда үйренилиўи бойынша көрсетпелер берилди.