Ҳәр бир мүрәжат сектор баслығының итибарында

Ҳәр бир мүрәжат сектор баслығының итибарында

25.02.2023 21:03:48 114 Баспаға шығарыў

Алдын хабар бергенимиздей Шымбай районында сектор баслықлары тәрепинен Халық қабыллаӯханасы ҳәм ҳәким жәрдемшилери менен биргеликте өткерилетуғын «Мәҳәллебай» көшпели қабыллаӯы ҳаққында айтып өткен едик.

Сонлықтан бүгин Шымбай районы “Темир –  жол гүзары ”  мәкан  пуқаралар жыйыны аймағындағы аймағындағы 14-санлы мектеп имаратында  Шымбай районы прокуроры, 2-сектор баслығы Р.Атамуратовтың басшылығында көшпели  қабыллаӯы болып өтти.

Қабыллаӯда социаллық, материаллық ҳәм медициналық жәрдемлер, бәнтлигин тәмийинлеў, билимлендириў, исбилерменлик искерлигиндеги ушырасып атырған машқалалар, газ, электр энергиясы, ишимлик суўы ҳәм ишки жоллар бойынша мүрәжатлар билдирилди.Көпшилик пуқаралардың мүрәжатлары сол ӯақытың өзинде унамлы шешим тапты.

Пайдалы ресурслар
Skip to content