Жоқарғы Кеңес Баслығы Бозатаў районында Президент қарары орынланыўы барысын көзден өткерди
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы райондағы Бозатаў посёлка пуқаралар жыйыны Мәденият аўылында болып, аўыл турғынлары менен ушырасты. Ушырасыўда пуқаралар менен жақыннан сәўбетлесип, олардың машқалаларын тыңлады.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-408-санлы қарары бойынша әмелге асырылып атырған ишимлик суў ҳәм ишки жолларды оңлаў жумысларын көзден өткерди ҳәм қурылыс жумысларын өз ўақтында сапалы етип жуўмақлаў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябр күнги “Мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-408-санлы қарарына тийкар 2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде Бозатаў районы аймағында 9 млрд 297 млн сўмлық ислениўи зәрүр болған 6 жойбар әмелге асырылыўы белгиленген. Соннан 4,3 млрд. сўмлық ишки хожалық жолларын оңлаў бойынша 4 жойбар, 5 млрд. сўмлық суў тармақларын қурыў ҳәм оңлаў бойынша 2 жойбар әмелге асырылады.
Буннан соң Жоқарғы Кеңес Баслығы район орайындағы Бозатаў текстил кәрханасы жумысларын көзден өткерди.