Жоқарғы Кеңес Баслығы бюджет түсимлери прогноз көрсеткишиниң орынланыўы ҳәмде бюджетке қосымша түсимлерди тәмийинлеў мәселелерине арналған видеоселектор мәжилисин өткерди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бюджет түсимлери прогноз көрсеткишиниң орынланыўы ҳәмде бюджетке қосымша түсимлерди тәмийинлеў мәселелерине арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Быйылғы жыл ушын бюджет дәраматаларына түсимлерди әмелге асырыў бойынша белгиленген реже тийкарында ўазыйпалар белгилеп алынғанлығына қарамай бул бағдарда бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойылмақта. Өткерилген мәжилисте усы бағдардағы жумыслар сын көз-қараста көрип шығылды.
Өткерилген мәжилисте бюджетке қосымша түсимлерди әмелге асырыў бағдарында аўыл хожалығы, қурылыс, транспорт, жол ҳәрекети сыяқлы бир қатар бағдарларда салық қарыздарлығын өндириў бойынша жумыслардың қанаатландырарсыз екенлиги атап өтилди.
Мәжилис жуўмағында жуўапкерлер тәрепинен өз ўазыйпаларын талап дәрежесинде орынлаў мәселелерин қайта көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилип, атап өтилген кемшиликлерди сапластырыў бойынша анық ўазыйпалар ҳәм мүддет белгилеп берилди.