Валенсиядағы «SILK WAY VALENCIA» Испан-Өзбек саўда-инвестиция үйи баслығы Ильдар Шарафутдинов бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың қабыллаўында болды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министр А.Өтеўлиев, «Shah Polan Group» кәрханасы баслығы А.Шукуров ҳәм «Karakalpak Sement» кәрханасы баслықлары қатнасты.
Қабыллаўда Қараөзек районы аймағында 50 MVt қуўатлылыққа ийе қуяш электр станциясы тийкарында курот зонасы, мийманхана, «Жасыл аймақ», жасалма көл ҳәм жанылғы қуйыў шақапшасын өз ишине алған «Эко комплекс» шөлкемлестириў, сондай-ақ, 100 MVt қуўатлылыққа ийе самал электр станциясын қурыў бойынша инвестиция киргизиў мәселелери талқыланды. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы аймағына Испания мәмлекетинен инвесторларды тартыў ҳәм жаңа жойбарлардың иске түсирилиўин тәмийинлеў бағдарында өз-ара пикир алмасылды.