Тақыятас районында қурылыс-оңлаў хәм абаданластырыў жумыслары даўам еттирилип атыр

Тақыятас районында қурылыс-оңлаў хәм абаданластырыў жумыслары даўам еттирилип атыр

15.02.2023 17:30:09 182 Баспаға шығарыў

Тақыятас районындағы аўыр аймақлар есапланған “Нурлы келешек” МПЖ, Кенегес аўылы ҳәм “Қусшылық” МПЖ “Әскерий қалаша” аўыллары бүгин шын мәнисинде қурылыс майданына айланған десек алжаспаған боламыз. Бул аймақларда Ферғана ўәлаятының «Baxodir Log‘on Tekstil» кластеринен инфраструктураларды жаңалаў ушын қайырқомлық жәрдем есабында қурылыс материаллары алып келинген еди. Ҳәзирги ўақытта усы тийкарда жумыслар қызғын түрде даўам еттирилип атыр.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев аймақларда алып барылып атырған жумысларды барып көрди ҳәм пуқаралар менен ушырасты.

Барлық жумыслар «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында әмелге асырылып атырған елимизде бундай ийгиликли жумыслар даўам еттирилиди ҳәм барлық реформа, жаңаланыўлар ҳәр бир шаңараққа кирип барыўы тәмийинленеди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content