Республикамыздың егислик майданларын суў менен тәмийинлеўши “Оң жағалық” каналына суў ашылды
Сонғы жылларда республикамыз аймағында бақланып атырған суў жетиспеўшилиги дәўиринде суўдан нәтийжели пайдаланыўдың әҳмийети артып бармақта. Усы тийкарда 2022-жылдың ноябрь айынан 2023-жылдың февраль айына шекемги аралықта Түйемойын суў сақлағышында суў жыйналыўына айрықша итибар қаратылатуғын болып, бул дәўирде дийқан-фермерлеримиз жер майданларын шор жуўыўға таярласа, суўшылар ирригация тармақлары ҳәм гидро объектлерин суўғарыў мәўсимине таярлайды.
Бүгин “Оң жағалық” каналына Түйемойын суў сақлағышынан суў ашылыўы мүнәсибети менен салтанатлы илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, сонғы жылларға салыстырғанда быйылғы жылда суў сақлағышта суў көбирек жыйналғаны ҳәм бул өз гезегинде халқымыздың мол ырысқы-несийбеси болған аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде әҳмийетли болған ағын суў жеткерип берилиўинде өзиниң сезилерли тәсирин тийгизетуғынлығын атап өтти.