Ӯазыйпалар белгиленип алынды

Ӯазыйпалар белгиленип алынды

10.02.2023 18:19:30 251 Баспаға шығарыў

 

Алдын хабар бергенимиздей Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев усы жылдың 28- январь күни  Шымбай районында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққындағы әҳмийетли мәселелер бойынша мәжилис өткерген еди.

Усы мәжилисте берилген тапсырмалардың орынланыӯы   Шымбай районында алып барылып атырған жумыслар нәтийжеси бойынша  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Утамбетов  райондағы белсендилер менен ушырасты. Илажды  район ҳәкими А.Тажетдинов басқарып барып тараӯ басшыларына тийисли тәртипте тапсырмалар берди.

Сондай – ақ Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының 2023-жыл 6-февральдағы “Шымбай районын социаллық-экономикалық раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәмде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы жумыслар ҳаққында”ғы 19-санлы протоколының толық орынланыўын тәмийинлеў бойынша ис-илажлар ислеп шығылып, орынланыўы қадағалаўға  алынды.

 

Пайдалы ресурслар