Айнаға қарамайтуғын ҳаял

Айнаға қарамайтуғын ҳаял

09.02.2023 10:53:57 3053 Баспаға шығарыў

Бағдагүл бүгин жумысқа атланды.Күн ыссы.Июнь айының дәслепки күнлери еди.Таң азаннан күн батқанша қара мийнет жумыс ислейди.Күйеӯи машинада жол апатына  ушырағаннан баслап Бағдагүлдиң турмысы адам исенбестей дәрежеде өзгерип кетти.

Үш жасар Мурат деген баласы менен жалғыз қалды.Шаңарақта қазанды атландырып отырған жалғыз өзи болғаны ушын сүйегин сипсе етип күни – түни тынбастан мийнет ислейди.Таң атады,күн батады. Күнлер де саат тиллери сыяқлы өтип атыр.Күн қарайып,геӯгим түскеде шаршап жумыстан үйине келеди.Ал,үйинде оны наӯқас күйеӯи менен баласы сабырсызлық пенен күтип отырады.Дәрриӯ отын терип, ошақ жағып қара қазан қайнатыӯдың ҳәлекшилигине түседи.Баласының үсти – басын артып, және жаптан суӯ тасып,кир жуӯады.Түнде төсекке қалайынша бас қойғанын да билмей уйқыға кетеди.Турмыстың ғалма-ғаллары,жуӯыр-жуӯырлары менен-ақ шашлары ағарып,жүзлерин әжим басқанын өзи де сезбей қалады. Бир күни ол базарда балалықта ойнап өскен достысы Нәбийраны ушыратып қалды.-Ҳаӯ,Бағдагүл өзиңсең бе ?

Неге бунша өзгерип кетипсең.Бурынғы гөззалықта теңи-тайы жоқ Бағдагүлге улыӯма уқсамай қалыпсаң ғой,-деди таңланып .Набийраның еле жас қыздай болып кийинип,боянып жүргенине Бағдагүл ҳайран қалып :- Набийра,еле турмысқа шықпадың ба ? – деп сорады.-Яқ,Қудай сақласын.Турмысқа шығып сен не пайда таптың.Бала бағып,еркектиң кеӯлине жалтақ болып жасап мен не рәҳәт табаман.Оннан өзимди-өзим бағып жас қыздай болып жүргеним жақсы,-деди.Бағдагүл үйине келемен дегенше ойланып келди.Сондай-ақ,әбигерим шығып қалғаны ма? Келип өзин айнаға салды.Шынында да ол әдеӯир жүдеп қалыпты.Сол ӯақыт жумысқа кетететуғын ӯақыты болғаны есине түсти апыр-топыр және жумысқа атланды.

… Арадан жыллар өтти.Баласы Мурат жоқары оқыӯ орнына  кирип ,соң жақсы жумысқа орналасты.Үйленди.Бағдагүл ақлықлы да болды.Бир күни базарда достысы Нәбийраны қайтадан ушыратып қалды.Бурынғы жас қыздай Нәбийра енди қартайыпты, -Жас гезимде турмыс қурмағанымнан еле өкинемен.Гөззаллық деген өткинши нәрсе екен.Ҳәзир сиңлимниң үйиндемен.Мен усаған кемпирлердиң ақлық сүйип,балаларының рәҳәтине бөленип атырғанын көрип ҳәӯесим келди,-деди көзиндеги жасты көйлегиниң жеңи менен сыпырып.Бағдагүл ойланып қалд.гөззалық сыртқы көринисте емес,бәлки инсаның ишки кеӯил сарайында болыӯы тийис екен.Бул гөззалық айнада көринбейди.Оны ҳәр бир инсан өмири даӯамында сезинип жасайды.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content