Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында халыққа мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелелер инфраструктурасын жақсылаў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында халыққа мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелелер инфраструктурасын жақсылаў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларға арналған кеңейтирилген мәжилис өткерилди.
Өткерилген мәжилисте сонғы жыллары “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында Ҳүрметли Президентимиз басшылығында барлық орынларда халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў, оларға мүнəсип турмыс шараятларын жаратыў мақсетинде кең көлемли жумыслар алып барылып атырғанлығы ҳәм бул жумыслар буннан-былайда даўам еттирилетуғынлығы атап өтилди.
Бул бағдарда мектеп, бақша, медицина, мәденият, спорт объектлери, ишки жоллар, ишимлик суў, электр, газ тәмийнаты ҳәм абаданластырыў менен байланыслы машқалалардың унамлы шешимин табыўда барлық имканиятлар жаратылып берилмекте.
“Меҳир ҳәрекети” шеңберинде мәҳәллелерде өткерилген үйрениўлер нәтийжесинде аўыр турмыс шараятындағы шаңарақлардан 21 мың 94 шаңарақтың турақ-жайларын шиферлаў ҳәмде жасаў ушын жарамсыз, авариялық жағдайдағы 709 турақ-жайларды қайта қурып бериў керек екенлиги анықланған.
Бул алып барылыўы тийис зәрүр илажлардың әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде Ҳүрметли Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы менен Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы “Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын еледе жақсылаў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди.
Атап айтқанда, усы қарар тийкарында 363,9 млрд. сўм қаржылар есабынан турақ-жайларда қурылыс-оңлаў ҳәмде республикамыздың қубла районларындағы 2000 км топырақ жолларға ЩПС төсеў жумыслары алып барылыўы белгиленген.