Бүгин район ҳәкимлиги мәжлислер залында «Орол денгизи ҳавзасида иқлим ўзгаришига мослашиш ва унинг оқибатларини юмшатиш Дастури» жойбары шеӊберинде семинар-тренинг болып өтти. Онда мәҳәлелердеги ҳаял-кызлар белсендилери, исбилермен ҳаял-қызлар ҳәм өз исбилерменлик жумысын жолға қойыў нийетин билдирген жумыссыз ҳаял-қызлар қатнасты. Илажда аўыл-хожалығы тараўы, ықлым өзгерислерине масласыў, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, сондай-ақ, кем тәмийинленген шаӊарақлар қатнасыўында шөлкемлестирилетуғын кооперациялар ушын ислеп шығылатуғын суб-жойбар ҳүжжетлериниӊ анализи тийкарында грант қаржыларыныӊ ажыратылыўы бойынша түсиниклер берилди.