Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Елликқала районына болған сапары даўамында “Prime Consulting Securities Management” компаниясы басшылары Б.Набиев, И.Шарипов ҳәмде Пакистан Республикасынан инвестор Чоудари Адиль менен ушырасты.
Болып өткен ушырасыўда мийманлар Елликқала районындағы бир қанша зиярат орынлары менен дыққатқа ылайық жерлерин көргенин айтып, өзлериниң усынысларын билдирди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен Республикамыздың туристлик потенциалынан кеңирек пайдаланыў, бул бағдарда сафари тур ҳәм экотуризмди ен жайдырыў, сондай-ақ, аймақтағы қорықханалар, экзотикалық қумлы далаңлықлардың өзине тән тәбияты сыяқлы аймақ өзгешеликлерин көрсетиўди кеңнен жолға қойыў кереклиги айрыкша атап өтилип, мийманлар бул бағдарда бирге ислесиўден мәпдар екенлигин билдирди.
Өз нәўбетинде, республикамыз басшысы Аманбай Орынбаев мийманлардың келиўинен миннетдар екенлигин билдирип, бирге ислесиўди жолға қойыўда жаңа басламаларды қоллап-қуўатлайтуғынлығын айтып өтти.