Әҳмийетли ушырасыӯ болып өтти

Әҳмийетли ушырасыӯ болып өтти

29.10.2020 16:50:17 340 Баспаға шығарыў

Қыс-бәхәр мәӯсимлеринде халықты үзликсиз тийкарғы түрдеги азық-ауқатлық өнимлери менен тәмийинлеӯ, базар ҳәм саӯда орынларында баҳалардың турақлылығын сақлау бүгинги күнниң ең баслы мәселелерден бири. Усы мақсетте бүгин район ҳәкимлигинде әҳмийетли илаж болып өтти. Ушырасыӯда районлық сектор басшылары ҳәм тийисли тараӯ жуӯапкер басшылары сондай-ақ, исбилерменлик субектлери қатнасты.
Ушырасыӯды район ҳәкими П.Ещанов ашты хам басқарып барды. Илажда район халқына әсиресе район орайынан узақта жайласқан аймақлар турғынларына ун ҳәм тийкарғы түрдеги азық-ауқатлық өнимлерин өз ӯақтында ҳәм сапалы жеткерип бериӯ ҳәм белгиленген баҳалардың турақлығын тәмийинлеӯ, сондай-ақ арзанластырылған саӯда ярмаркаларын шөлкемлестириӯ бойынша анық реже ҳәм ӯазыйпалар белгилеп алынды.

Пайдалы ресурслар
Skip to content