Шымбай районы Көкши- қала мәкан пуқаралар жыйыны биринши сектор аймағына қараслы болып есапланады.Бүгин район ҳәкими усы аймақтағы халық пенен ушырасып олардың усыныслары мүрәжатлары менен танысты.
Қабыллаў даўамында коммуналық хызмет бойынша ҳәмде жол машқаласы бойынша бәнтлик мәселелери бойынша мүрәжатлар үйренилди.
Мүрәжатлар басым көпшилиги орынында унамлы шешим тапты.Ал мүддет күтилетуғын мүрәжатлар бойынша тараў басшыларына тапсырмалар берилип барлық мүрәжатлар район ҳәкими тәрепинен қадағалаўға алынды.