Жоқарғы Кеңес Баслығы Шоманай районындағы алып барылып атырған жумысларды сын көз қараста қарап шықты ҳәм районды раўажландырыў бойынша ўазыйпаларды белгилеп берди

Жоқарғы Кеңес Баслығы Шоманай районындағы алып барылып атырған жумысларды сын көз қараста қарап шықты ҳәм районды раўажландырыў бойынша ўазыйпаларды белгилеп берди

02.02.2023 09:11:29 184 Баспаға шығарыў

Жоқарғы Кеңес Баслығы Шоманай районындағы алып барылып атырған жумысларды сын көз қараста қарап шықты ҳәм районды раўажландырыў бойынша ўазыйпаларды белгилеп берди

Өткен жылы районда өткерилген мәжилисте социаллық-экономикалық раўажланыў, тараўларда жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм басқа да бир қатар әҳмийетли мәселелер қарап шығылған еди.

Бүгинги күнде Шоманай районында 2022-жылы өткерилген мәжилисте белгилеп берилген 29 тапсырманың 18 тапсырмасы орынланған.

2022-жылда “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ҳәм ҳәким жәрдемшилери тәрепинен жәми 13 пуқаралар жыйынынан ҳеш биринде ажырытылыўы режелестирилген жеңиллетилген кредиттиң толық өзлестирилиўи тәмийинленбеген. “Айбүйир”, “Дийханабат”, “Кетенлер”, “Мамый” пуқаралар жыйынларында бул көрсеткиш төмен дәрежеде орынланған.

Сондай-ақ, “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ажыратылған кредитлерден машқалалы қарыздарлық артқан.

Мәжилисте бир қатар кемшиликлер сынға алынды ҳәм өз жумысына немқурайдылық пенен қарап, белгиленген ўазыйпаларды орынламай, халық абаданлығы ушын хызмет етиўи керек қаржыларға жуўапкершиликсиз қарағаны ушын Шоманай районы ҳәкиминиң қаржы-экономика ҳәм камбағаллықты қысқартырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары қатаң ескертилди ҳәм мүддет берилди. Буннан тысқары, барлық ҳәким жәрдемшилери жумысларын үйренип шығыў, зәрүр болса нызамлы жаза шарасын қоллаў бойынша тийисли уйымларға тапсырма берилди.

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content