Елимизде инсан қәдири ҳәр нәрседен үстем. Сонлықтан халықтың жақсы жасаўы ушын барлық реформалар олардың тилек усынысларына бола әмелге асырылмақта.
Бүгин Шымбай районында Өзбекстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары А.Муҳаммадиев ҳәм район ҳәкими А.Тажетдинов Кеңес аӯыл пуқаралар жыйынында пуқаралар ушын қабыллаўын өткерди.
Қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатларға тийкар тараў жуўапкерлерге тапсырмалар берилип қадағалаўға алынды.
Соның менен бирге шыпакерлер тәрепинен аймақ турғынларды бийпул медициналық көриктен өткериў шөлкемлестирилди.