Арал шегинсе де инсан шегинбейди

Арал шегинсе де инсан шегинбейди

01.02.2023 09:29:21 175 Баспаға шығарыў

Жоқарғы Кеңес Баслығының басшылығында Арал теңизиниң қурыған ултанында жасыл аймақларды пайда етиў бойынша гезектеги жумыслар басланды

Сонғы жыллары Арал теңизи қурып кетиўиниң унамсыз ақыбетлерин жумсартыў, теңиздиң қурыған түбинде жасыл қапламаларды пайда етиў ҳәмде дегредацияға ушыраған жерлерде экосистеманы тиклеў, Аралбойы аймағын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин еледе жақсылаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына болған сапарында Арал теңизиниң қурыған майданларында «Жасыл қапламалар» – қорғаў тоғайларын пайда етиў, аймақтағы экологиялық жағдайды жақсылаў, зыянлы дуз ҳәм шаңлардың Арал теңизиниң ултанынан көтерилиўиниң алдын алыў мақсетинде бир қатар тапсырмалар белгилеп берилген болып, усы тийкарда әмелий жумыслар даўам етпекте.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content