Жоқарғы Кеңес Баслығы 2023-жыл 29-январь күни Нөкис қаласындағы «Темир жол» МПЖ аймағындағы көп қабатлы үйде газ шақнаўынан жүз берген жарылыў себепли ўақтынша көширилген пуқаралардың ҳалынан хабар алды
Жақында Нөкис қаласындағы «Темир жол» МПЖ аймағындағы көп қабатлы үйде газ шақнаўы себепли жарылыў жүз берген еди.
Жарылыў жүз берген турақ жайда жасаўшы пуқаралар республикамыз басшысының тапсырмасы менен қәўипсиз орынға көширилип, оларға керекли дәри-дармақ өнимлери, үш мезгил ыссы аўқат ҳәм басқа да зәрүрли затлар менен тәмийинленди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жарылыў жүз бериўи себепли ўақтынша көширилген шаңарақлардың ҳалынан жеке өзи барып хабар алды.
Пуқаралар менен ушырасыў даўамында Аманбай Орынбаев олардың басынан өтип атырған бүгинги сынаўлы күнлеринде ҳеш бири жалғыз қалмайтуғынлығын билдирип, ҳүкимет тәрепинен зәрүр болған барлық жәрдемлер берилетуғынлығын, машақатты жеңип өтиўде ҳәр бир инсан меҳир ҳәм итибардан шетте қалмайтуғынлығын атап өтти.