Бүгинги қаҳарманымыз базар талапларына жуӯап беретуғын өнимди өзи таярлап халыққа инам етпекте

Бүгинги қаҳарманымыз базар талапларына жуӯап беретуғын өнимди өзи таярлап халыққа инам етпекте

27.01.2023 18:37:16 196 Баспаға шығарыў

Ҳаял-қызлардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, олар арасында исбилерменликти кеӊнен ен жайдырыў, ҳаял-қызларымызды мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплер бойынша  қайта кәсипке таярлаў, аўыллық жерлерде шаӊарақлық исбилерменлик пенен өнерментшиликти раўажландырыў бүгинги күнде  алдымызда турған еӊ әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.

Мине усы мақсетте «Жипек – жолы» мәкан пуқаралар  жыйыны ҳаял -қызлар белсендиси Мырзабаева Қарлығаш бүгинги күнде 48 ҳаял-қызға жеңиллетилген кредитлер алып бериӯде көмегин тийгизди.

Атап айтатуғын болсақ аймақта жасаӯшы жумыссыз Бердимуратова Бийбиҳатша  Шымбай районы Агро банк тәрепинен 33 млн сум муғдарында  жениллетилген кредит алып өз үйинде кондитер өнимлери есапланған бәршениң әсиресе балалардың сүйип пайдаланатуғын тортты таярлап   халықымыздың дастурханларына инам етпекте.Сапалы ҳәм таза писирилип атырған тортларға күнде буйыртпалар қарыйдарлар тәрепинен түспекте ҳәттеки үлгере алмағанлығым себепли еки қызды жумыс пенен тәмийинлеӯге еристим дейди – исбилерменимиз Бийбиҳатша.Ҳақыйқатында да мийнет еткен адам ҳәмийше халық алғысына мияссар бола береди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content