Шымбай районы “Тазажол ” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы ең шетки “Қартжан ” аўылындағы 13 – санлы мектепте район ҳәкими А.Тажетдиновтың жеке қабыллаўы болып өтти. Қабыллаӯға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси бөлим баслығы О.Сапаров қатнасты.
Шымбай районы «Тазажол» аўыл пуқаралар жыйыны биринши сектор аймағына қараслы болып есапланады.
Қабыллаў даўамында коммуналлық хызмет бойынша ҳәмде жол машқаласы бойынша бәнтлик мәселелери бойынша мүрәжатлар үйренилди.
Мүрәжатлар басым көпшилиги орынында унамлы шешим тапты.Ал мүддет күтилетуғын мүрәжатлар бойынша тараў басшыларына тапсырмалар берилип барлық мүрәжатлар район ҳәкими тәрепинен қадағалаўға алынды.
Қабыллаўлар районымыздағы алыс аўылларда да еледе даўам етеди.