Шымбай қаласының пайда болыӯы ҳәм оның тарийхы ҳаққында билесизбе?

Шымбай қаласының пайда болыӯы ҳәм оның тарийхы ҳаққында билесизбе?

26.01.2023 10:17:12 234 Баспаға шығарыў

Шымбай қаласы Республикамыздағы ең ески тарийхый қалалардың бири болыӯы менен бирге,қарақалпақ халкының бүгинги күнге шекем ең көп топланған ҳәм халықтың өтмиш тарыйхын сақлап киятырған аймақ болып есапланады.

Шымбай қаласының  тарыйхый илимий жақтан изертлеӯ мәселеси 18-әсирден белгили.

Қарақалпақ халқының аӯызеки әдебиятын изертлеген белгили илимпаз К.Айымбетовтың баянлаӯынша Шымбай қалысының пайда болыӯы еситиӯимизше,қала пайда болмастан бурын бул жерди Чин-бай деген адам мәкан еткен.Көшпели шарӯалар қыс айлары келип үш-төрт айлаған малларын сатып жазы менен азық болғандай дән ғәллелерин алып саӯда қылады екен.Ал,бәҳәр айы келип,жаз шыққаннан кейин Шымбайдың базары жабылып саӯда-сатық ислери тоқтайды екен.

Ал сонғы заманлары Шымбай қыста да,жазда да базар болып,Шымбай қаласы үлкен шәҳәр,үлкен қала болған екен деседи.Шымбай қаласының аймағы ерте дәӯирлерден баслап ақ бул жерде жасаған көп санлы халықлары,олардың экономикалық ҳәм мәдений раӯажланыӯы менен белгили болған.Тарийхый жазба мағлыӯматларда 17-18-әсирлерге келип,бул қала Шах  Темир деген ат пенен белгили болған.Егер қаланың тарыйхын 1714-жылы Шах  Темир қаласы пайда болған дәӯирден есапқа алатуғын болсақ,онда Шымбай қаласына 280 жылдан асламырақ ӯақыт болғанлығын,ал егер Кердер қаласы усы бүгинги Шымбайдың тийкары деп есапласақ,онда мын жылдан асламырыақ тарийхқа ийе Әмиӯдәрияның арқасында жайласқан ески қалалардың биринен есапланады.Археолог М.Мәмбеттуллаев ҳәм тарийхшы О.Юсуповлар 1990-жылы қала турғыны Д.Сапаров тәрепинен табылған материалдың 19-20-әсирлерге тийисли деп,Шымбай қаласы орнында 10-әсирде қоныслық болған.Шымбай қаласының жасы 1000 жыл деп есаплайды.

Шымбай қаласының жасын анықлаӯ бойынша 1995-жыл Шымбай қаласы ҳәм Шымбай районы ҳәкимлигиниң бирлигинде Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими тарийх,археология ҳәм этнография институты  тәрепинен шөлкемлестирилген илимий практикалық конференциядағы илимий баянатларда  илимпазлар қаланың жасын 16-әсирдиң екинши ярымында 17-әсирдиң басында пайда болған ҳәм  350-400 жыл болды деп көрсетеди.

Шымбай қаласының әтирапындағы белгили тарийхый естеликлерге Күйик қала,Бағдат қала,Ахун баба Сасық бий естеликлери ҳәм басқада естеликлер болып,олардың тарийхыда Шымбай қаласынң пайда болыӯы  ҳәм раӯажланыӯы менен байланыслы болып келеди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content