Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев экономикалық тараўларда әмелге асырылған жумыслар ҳәмде 2023-жылға белгиленген тийкарғы ўазыйпаларға арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Өткерилген мәжилисте 2022-жыл жуўмағы менен экономикалық көрсеткишлердиң орынланыўында жол қойылған қәте-кемшиликлер, камбағаллықты қысқартыў, бәнтликти тәмийинлеў, ҳәким жәрдемшилериниң жумыслары, исбилерменликти раўажландырыў, машқалалы кредитлердиң қайтарылыўы ҳәм субсидиялардың ажыратылыўы, бюджетке қосымша түсимлерди әмелге асырыў, олардың дереклерин анықлаў, базарларда баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў ҳәм басқада мәселелер сын көз қараста қарап шығылды.