МАҚСЕТ – САПАЛЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎДИ ЖЕТИЛИСТИРИӮ

МАҚСЕТ – САПАЛЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎДИ ЖЕТИЛИСТИРИӮ

23.01.2023 11:10:50 218 Баспаға шығарыў

2022-жыл 20-декабрь күни Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев Парламент ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында халықтың усыныс ҳәм пикирлеринен келип шығып, 2023-жылды «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп белгилеӯди усыныс етти, бул толық мақулланды.

Соны айрықша атап өтиў орынлы, алдынғы жылларда Президент Мүрәжаты парламентке жолланар еди, кейинги еки жылғы Мүрәжаты парламентке ҳәм халыққа қаратылғаны менен ажыралып турды.

Усы Мүрәжатта Президентимиз 2023-жылдағы мәмлекетлик сиясаттың алты әҳмийетли бағдарын белгилеп берди. Солардан екинши бағдары Жаңа Өзбекс­танды «социаллық мәмлекет» принципи тийкарында қурыў болып есапланады. Социаллық мәмлекет бул – инсан потенциалын жүзеге шығарыў ушын теңдей имканиятлар, адамларға мүнәсип турмыс кешириўге зәрүр шараятлар жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў тийкарғы орынды ийелейди.

Журтбасшымыз соңғы жылларда ең баслы итибарды Жаңа Өзбекстан ушын ең үлкен инвестиция болған билимлендириўди қоллап-қуўатлаўға қаратпақта. «Билимлендириўдиң сапасын арттырыў – Жаңа Өзбекстанды раўажландырыўдың бирден-бир дурыс жолы болып табылады», – деди өз мүрәжатында. Сол ушын бул тараўда басланған реформалар даўам етип, билимлендириў дәргайларына барып, муғаллимлер ҳәм устазлар менен көбирек сөйлесип, оқыў-тәрбия жумысларының сапасын арттырыў бойынша олар қойған мәселелерди биргеликте шешиў кереклигин атап өтти.

Мәмлекет басшысы муғаллимлердиң статусын, олардың абырайын ҳәм қәдир-қымбатын қорғаўды Конституцияда өз алдына белгилеў зәрүрлигин билдирди. Демек, бүгинги күнде мектеп билимлендириўи халық-аралық билимлендириў бағдарламалары тийкарында пүткиллей реформалаўдың жаңа басқышына қәдем атпақта.

Қалаберсе, бул жумысларды системалы жолға қойыў ҳәм жаңадан сабақлықларды ислеп шығыўда, алдынғы билимлендириў стандартларын ҳәм методикаларын енгизиўге өз алдына илимий институт ҳәм лабораториялар шөлкемлестирилиўине тийкар жаратылмақта. Миллий өзлигимиз тымсалы болған ана тилимизге итибар және де күшейеди.

Мүрәжатта  оқыўшыларымыздың мектептен ана тили ҳәм шет тиллерин пуқта өзлестирип, компьютерде ислеўди меңгерип шығыўы кереклигине, пер­зент­леримизди кәсип-өнерлерге, көркем-өнер ҳәм мәдениятқа қызықтырыў арқалы оқыўшыларда еркин ҳәм заман талабына сай креатив пикирлеўин ҳәм қарым-қатнас көнликпелерин қәлиплестириў мәселеси қойылды. Бул дегени, Жаңа Өзбекстан перзентлериниң ой-өриси ҳәм дүньятанымы кең, билимге ийе әўладларды жетилистирип барыўдан ибарат.

Усыннан жуўмақ шығаратуғын болсақ, ҳәзирги глобалласыў дәўиринде журтымызда билимлендириўди раўажландырыўға баслы дыққат-итибар қаратылып атырғанлығы да тосыннан емес. Себеби, сапалы билим бериў арқалы усы журт перзентлериниң келешеги жарқын ҳәм айдын болады.

Р.Утепбергенов,

Шымбай районы ҳәкиминиң руўхый-ағартыӯшылық жумыслары нәтийжелилигин асырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content