Бүгинги күнде мәмлекетимизде “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында халықтың жасаў жағдайын жақсылаў, оларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў, абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында оғада көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Әлбетте, бундағы тийкарғы мақсет халқымыздың бүгинги күнинен, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разылығын тәмийинлеў болып есапланады.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтиң басламасы менен Төрткүл районы халқын жыллар даўамында қыйнап келген, жазда қум-шаңғытлы, жаўын-шашынлы күнлерде ылайлы топырақ жолларды оңлаў жумыслары баслап жиберилди.
Буннан тысқары, елимизде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басламасы менен жолға қойылған “Меҳир ҳәрекети” шеңберинде райондағы шараяты аўыр шаңарақларды қыс мәўсиминен бийзыян алып шығылыўын тәмийинлеў, материаллық қоллап-қуўатлаў, турақ-жайларын оңлап, зәрүрлерин шиферлап бериў, наўқаслығы бар пуқараларға медициналық жәрдем көрсетиў бойынша да ўазыйпалар белгилеп алынған болып, бул жумыслар бүгинги күнде турмыста әмелий көринисин таўып атыр.
Ҳәр бир пуқара бүгинги күнде мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарындағы ийгиликли басламаларды бүгинги күнниң өзинде сезиниўи керек ҳәм бул әмелде өзиниң тастыйғын таўып атыр. Басланып атырған жумыслар да мине усы жоқары мақсетлерди гөзлеген түрде жолға қойылып, мәмлекетлик реформалардың ҳәр бир шаңараққа кирип барыўы тәмийинленеди.