Шымбай районы ҳәкими Тажетдинов Айбек Алтынбековичтиң 2022-жылда социал-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2023-жыл ушын белгиленген режелер ҳаққында есабаты

Шымбай районы ҳәкими Тажетдинов Айбек Алтынбековичтиң 2022-жылда социал-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2023-жыл ушын белгиленген режелер ҳаққында есабаты

19.01.2023 10:45:48 268 Баспаға шығарыў

Ҳүрметли Президентимиздиң мәмлекетимизде реформаларды әмелге асырыў мақсетинде қабыл етилген пәрманлары менен қарарлары тийкарында барлық тараўларда кең көлемли өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте.

Усы тийкарда бүгин Шымбай районында 2022-жылы социаллық-экономикалық раўажланыў жуўмақлары ҳәм келеси жылғы режелер ҳаққында Ҳүрметли депутатлар Сизлер арқалы район ҳалқына мүрәжатымды жоллайман.

Усы мүрәжатым даўамында Президентимиздиң Пәрманлары ҳәм Қарарларында белгилеп берилген ўазыйпалар ҳәм тапсырмаларға муўапық район аймағында әмелге асырылып атырған жумысларға қысқаша тоқталып өтсем.

Атап айтқанда, районымызда социал-экономикалық көрсеткишлердиң өсиў пәтлери, халықтың жан басына салыстырғанда өзгериўи, социаллық қоллап-қуўатлаўға ажыратылған қаржылар, халықтың реал дәраматларын асырыў мақсетинде бир қанша жумыслар алып барылды.

Сондай-ақ, 8 млрд. 147 млн. 162 мың сўм «Ашық бюджет» www.openbudget.uz «Жәмийетшилик пикири қоры»на 2021-жыл жуўмағына көре жеңимпаз деп табылған усынысларды әмелге асырыў ушын  мәлимлеме порталына ажыратылды.

Жыл даўамында санаат кәрханалары тәрепинен 279,4 млрд. сўмлық санаат өнимлери ислеп шығарылыўына ерисиледи ҳәм өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси
117,1 процент, республикадағы үлеси 1,6 процентти қурады.

Соннан 49,5 процентин райондағы киши бизнес субъектлерине (138,2 млрд.сўмлық) туўры келмекте ҳәм қалған бөлегин (50,5 проценти) райондағы 3 ири кәрханалардың ислеп шығарылған өнимлерине туўры келиўи (“Шымбай Дән” ЖШЖ, “Ланэкстракт” қоспа кәраханасы  ҳәм “Шымбай Май инвест” кәрханалары);

– аймақлық санаат өнимлери көлеми 249,4 млрд. сўмды, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси
107,4 процентти, республикадағы үлеси 2 процент;

– тутыныў товарлары көлеми 173,1 млрд.сўмды қурап, өткен жыл усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси
110,2 процентти, республикадағы үлеси 5,7 процент;

– аўыл хожалығы тараўында 1 трлн. 82,3 млрд. сўмлық өним өндирилип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси 102,4 процентти, республикадағы үлеси 8,1 процент;

– қурылыс жумыслары 141,0 млрд. сўмға орынланып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси
124,3 прпоцентти, республикадағы үлеси 2,7 процент;

– хызметлер көлеми 302,3 млрд. сўм болып, өткен жылдың
усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси 112,3 процентти, республикадағы үлеси 3,0 процент;

– усақлап сатыў көлеми 393,3 млрд. сўмға орынланып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси
111,8 процентти, республикадағы үлеси 3,6 процентке орынланыӯы күтилмекте.

“Ҳәким жәрдемши”лери тәрепинен әмелге асырылған жумыслар

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл
3-декабрь күнги “Мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшилери искерлигин шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-31-санлы қарары бойынша бүгинги күнде районымызда ҳәр бир ҳәким жәрдемшисине жумыс алып барыўы ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған.

 “Мәҳәллебай” ислеў системасы бойынша мәҳәллелерде ҳәким жәрдемшилери тәрепинен үйме-үй (хонаданбай) жүрип сораўнама өткериў нәтийжесинде жәми 22 мәҳәлледеги
20414 хожалық хатлаўдан өткерилип, 4 категорияға ажыратып алынды.

Халықтың бәнтлигин тәмийнлеў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша 4 957 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

Атап айтқанда, 1831 пуқара турақлы жумысқа орналастырылды, 1138 пуқара мәўсимли ҳәм жәмийетлик жумысларға, 1988 пуқара ѳзини-ѳзи бәнт етиӯ, 975 пуқара кәсип-ѳнер ҳәм исбилерменлик кѳнликпелерине ийе болыў ушын оқыўға жиберилди.

Сондай-ақ,1942 шаңарақ исбилерменлик жойбарларын әмелге асырыў ушын 44,6 млрд. сўм кредит ҳәм де 318 пуқара исбилерменликке тартыў, оларға мийнет қураллары ҳәм әсбап үскенелерин алып бериў ушын 2,3 млрд.сўм субсидия ажыратылды. Соның менен бирге есабат дәўиринде жәми
674 жаңа исбилерменлик субъектлери шѳлкемлестирилди. Мәҳәллелерде 11 лидер исбилерменлерге кооперация тийкарында 205 пуқара ағза болып тигиўшилик ҳәм ѳнерментшилик бағдарында жумыс пенен бәнт етилди.

Ҳәким жәрдемшилери тәрепинен хатлаў нәтийжесинде анықланған ҳақыйқый жағдайдан келип шығып, усы машқалаларды сапластырыў бойынша “Мәҳәллебай” ислеў системасы тийкарында жыл жуўмағына шекем әмелге асырылатуғын ислердиң “Жол карта”сы исленди.

Усы “Жол карта” тийкарында бүгинги күнде жәми
674 жаңадан исбилерменлик субъектлери шөлкемлестирилип, өз искерлигин баслады (соннан, 472 жеке тәртиптеги ҳәм
202 юридикалық исбилерменлик субъектлери).

Атап айтқанда:

– шаңарақ исбилерменлигин раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 1942 юридикалық ҳәм физикалық шахсларга
44,6 млрд. сўмлық жеңиллетилген кредитлер ажыратылды;

– халыққа исбилерменлик ҳәрекетин баслаў, кәсип-өнерге оқытыў, қыйтақ жерден үнемли пайдаланыў, ѳзин-ѳзи бәнт еткен пуқараларға әсбап-үскенелер алып бериў киби иләжлар ушын
318 пуқараға 2,3 млрд. сўмлық субсидия ажыратылды.

– аўыллық жерлердеги халықтың, әсиресе “Темир дәптер”, “Жаслар дәптери” ҳәм “Ҳаяллар дәптери”ндеги мүтәжлиги бар болған пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде
604 лотқа бөлинген 388,7 гектар жер майдан электрон таңлаўға қойылып, 522 пуқара 306,8 гектар жер майданларының таңлаў жеңимпазы болды;

–  шарўашылықты раўажландырыў мақсетинде
124 хожалықта 613 бас қой-ешки, 13 хожалықта
74 бас қус, 2 хожалықта 15 бас қоян бағылыўы жолға қойылды;

– исбилерменликти баслаў нийетинде болған жумыссыз халықтан жәми 975 пуқара, соннан, 680 пуқара кәсип-ѳнерге ҳәм 295 пуқара исбилерменлик кѳнликпелерине оқытылды;

2023-жыл әмелге асырылатығын жумыслар.

Биринши, усы жылда 5200 жумыс орынларын жаратыў. Атап айтқанда, 3016 жумыс орны саўда ҳәм сервис бағдарында, 194 ѳнерментшилик бағдарында ҳәм
1990 исбилерменликти раўажландырыўды шѳлкемлестириў есабынан.

Екинши, шаңарақ исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде 55 млрд. сўм жеңиллетилген кредит ажыратылыўы есабынан 2200 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў.

Үшинши, 12 бағдар бойынша 3,0 млрд. сўмлық субсидиялар ажыратылыўын тәмийинлеў.

Тѳртинши, мәҳәллелердеги “лидер” исбилерменлер менен кооперация жойбарларын әмелге асырып, 310 кем дәраматлы ҳәм жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў.

Бесинши, мәҳәллелерде халықтың мүтәжлигинен келип шығып, усы жылда аймақларда 2 санаат, ѳнерментшилик ҳәм касанашылық микроорайларын шѳлкемлестириў илажларын кѳриў, усы жойбарды иске түсириў есабынан 20 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў.

Алтыншы, мәҳәллелерде бос турған имаратлардан үнемли пайдаланыў,  қурылысы жуўмақланбаған объектлерде қурылыс жумысларын ақырына жеткериў хәм исбилерменлик жойбарларын жайластырыў, аўыл хожалығында пайдаланылмай атырған жер майданларын анықлап, оларды аукцион саўдалары арқалы исбилерменлерге сатылыўын тәмийинлеп, жаңа жойбарларды әмелге асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў арқалы 150 жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў.

Жетинши, ҳәр ҳәпте жуўмағы менен “қанатландырарсыз” деп табылған мәҳәллелердеги шараятларды жақсылаў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды сынға алып додалаў.

Ҳүрметли депутатлар, Сессия қатнасыўшылары!

Инвестиция тараӯы бойынша

2022-жылы районымыздың санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларын раўажландырыў бойынша улыўма баҳасы 49,0 млрд. сўмлық 61 жойбарды әмелге асырыў ҳәм
1013 жумыс орнын жаратыў белгиленген болып, әмелде
42,5 млрд сўмлық 66 жойбар әмелге асырылды ҳәм 916 жумыс орынлары жаратылды. Соннан:

– санаат тараўында 18,1 млрд сўмлық 23 жойбарда
382 жумыс орны;

– хызмет көрсетиў тараўында 22,8 млрд сўмлық
38 жойбарда 467 жумыс орны;

– аўыл хожалығы тараўында 1,6 млрд сўмлық 5 жойбарда
67 жумыс орны жаратылды.

2023-жылда санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларын раўажландырыў бойынша улыўма баҳасы
344,4 млрд сўмлық 89 жойбарды әмелге асырыў ҳәм 991 жумыс орнын жаратыў белгилеп алынды. Соннан:

– санаат тараўында 21 млрд. сўмлық 21 жойбарда
402 жумыс орны;

– хызмет көрсетиў тараўында 114,8 млрд. сўмлық
61 жойбарда 512 жумыс орны;

– аўыл хожалығы тараўында 13,7 млрд. сўмлық
7 жойбарда 77 жумыс орны жаратылады.

Экспорт бойынша

2022-жылда район бойынша жәми 5 млн. 771 мың АҚШ долларлық өнимлер экспортқа шығарылып, соннан, санаат өнимлери 5 млн. 618 мың АҚШ доллар, мийўе-палыз өнимлери 153 мың долларды қурайды.

2023-жылда жәми 5 млн. 650 мың долларлық өнимлерди экспортқа шығарыў прогнозы белгиленген болып, соннан, санаат өнимлери 5 млн. 350 мың доллар, мийўе-палыз өнимлери
300 мың долларды қурайды.

Сырт ел инвестициялары шеңберинде

2022-жылда жәми 3 млн. 70 мың долларлық сырт ел инвестицияларын өзлестириў прогнозы белгиленген болып, әмелде 3 млн. 74 мың долларлық сырт ел инвестициялары өзлестирилди. 2023-жылда бул көрсеткишлерди 1,5-2 есеге асырыў илажлары көрилмекте.

Жаңадан шөлкемлестирилетуғын киши бизнес субъектлери санын көбейтиў, олардың экономикадағы үлесин асырыў мақсетинде 2022-жыл даўамында жәми 544 исбилерменлик субъектлеришөлкемлестирилди. Соннан жеке исбилерменлик субъектлери саны 342 болған болса202юридикалық субъектлер есапланады.

Жумыссыз пуқараларды кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў бойынша 589 пуқара оқытылды.Соннан,  тигиўшилик жөнелисине 297 пуқара, компьютер саўатқанлығы
110 пуқара, Нөкис қаласында транспорт техникумы қурылыс тараўында 53 пуқара, 68 пуқара Нөкис қаласы Ишга марҳамат мон орайына азпазлық ҳәм балалар массажы  косметолог ҳаяллар шаштарезханасына ҳәмде 68 пуқара устаз шәкирт усылында өнерментлерге  оқытылды.

Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде жәми 2219 пуқараларға 50 млрд
585 млн
. сўмлық кредит берилди.

Соннан: “Ҳәр бир шаңарақ исбилермен” дәстүри тийкарында 2151 пуқараларға 48 млрд. 982 млн сўм, “Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм тамарқа жер ийелерин қоллап-қуўатлаў” жамғармасынан 40 пуқараларға 1 млрд. 332 млн сўм, “Өнерментшиликти раўажландырыў”ға 2 пуқараға 55 млн сўм ҳәм “Ҳаял қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў” жәмаат фонды есабынан 26 пуқараларға 215,5 млн сўмлық кередитлер ажыратып берилди.

 

Ҳүрметли депутатлар, Сессия қатнасыўшылары!

Улыўмаластырып айтқанда жоқарыдағы атап өтилген район аймағында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың ҳәм өзгерислердиң тийкарында халықтың мәпи, олардың бәнтлиги ҳәмде турақлы дәрамат дерегине ийе болыў сондай-ақ, мәмлекет бюджетине төлемлерди көбейтиў тийкарғы мақсетимиз есапланады.

Мине, ҳүрметли депутатлар ҳәм сессия қатнасыўшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери сизлер менен биргеликте     2022-жыл жуўмақларына бағышланған Шымбай районының социал-экономикалық көрсеткишлери, халқымыздың турмыс абаданшылығын тәмийинлеў бағдарындағы көлемли
ис-илажлардың барысы ҳаққында кең түрде есабат бердик.

Әлбетте, бул илажларды буннан былай да нәтийжели әмелге асырыўда сизлер менен биргеликте алып барылатуғын жуўапкерли ўазыйпалар турыпты.

Мен ойлайман, халқымыздың турмыс дәрежесин және де көтериў, районымыздың ҳәр тәреплеме раўажланыўына өзимиздиң үлесимизди қосып, мақтаныш сезимлеримиз бенен жасап,  Журтбасшымыздың исенимин ақлап,  жүклетилген тапсырма ҳәм ўазыйпаларды инабатлы орынлаўда бәршеңизге күш-қуўат ҳәм табыслар тилеймен.

 

Дыққатларыңыз ушын рахмет!

 

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content