Исбилерменлик – дәўир талабы. Исбилермен ҳаял –қызлардың бири Асанова Алмахан «Ҳаяллар дәптери» қоры қаржысы есабынан жеңиллетилген кредит алып, бүгинги күни нан писириў цехын иске түсирип, халқымыз дастурханына сапалы нан ҳәм кондитер ѳнимлерин жеткерип берип келмекте.
Ҳаял-қызлар бәнтлигин тәмийинлеў – ең әҳмийетли ўазыйпаларымыздың бири. Усы мақсетте ѳз исбилерменлик жумысын баслаған исбилермен Гулжамал Турсынбаеваның басшылығындағы «SHIMBAY SHEBERLERI» ислеп шығарыў кооперациясында бир неше жумыссыз ҳаял-қызлар тигиўшилик сырларын үйренип, ,ѳз шаңарағына қосымша дәрамад киритиў имканиятына ийе болмақта.