Сынаўлы күнлерде ҳеш бир шаңарақ газ тармағынан үзилмейди

Сынаўлы күнлерде ҳеш бир шаңарақ газ тармағынан үзилмейди

16.01.2023 16:27:02 154 Баспаға шығарыў

Бүгингидей сынаўлы күнлерде халқымызды энергия ресурслары менен үзликсиз тәмийинлеў ҳәмде авариялық жағдайлардың алдын алыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен анық илажлар көрилмекте.

Усындай қыйын шараятта, суўық ҳаўада газден бир минут болсада үзилиў ҳеш кимге раўа көрилмейди.

Газден қарызы бар, бирақ, төлеўге имканияты жоқ. Қашан өшип қалар екен деген қорқынышта жасап атырған жәрдемге мүтәж шаңарақларды ҳүкиметимиз ҳәмме ўақытта қоллап-қуўатлайды ҳәм өз ҳалына таслап қоймайды. Бүгинги сынаўлы күнлерде ҳеш бир шаңарақ газ тармағынан үзилмейди.

Усыларды есапқа алып, республикамызда аўыр жағдайдағы шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, оларды қыстан зыянсыз алып шығыў мақсетинде ең баслысы “Инсан қәдири” принципи тийкарында жәрдемге мүтәж ҳәм газден қарыздарлығы болған 663 шаңарақтың 858,6 млн. сумлық қарыздарлығын мәмлекет тәрепинен төлеп бериў илажлары баслап жиберилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content