Елимизде инсан қәдири ушын исленип атырған кең көлемли жумыслар даӯам етпекте.Пуқаралар өзлериниң мүрәжатын ашық-айдын айта алады.
Сонлықтан дерлик ҳәр күни қабыллаӯлар шөлкемлестирилмекте.Атап айтқанда район ҳәкими А.Тажетдиновтың “Тазажол” аўыл пуқаралар жыйында қабыллаўы болып өтти. Қабыллаўда пуқаралардан келип түскен мүрәжатлар көрип шығылды.Усы аймақ турғыны П.Турсынбаев перзентиниң денсаӯлығына байланыслы бойынша қаржылай жәрдем сорап мүрәжат етти.Нәтийжеде пуқарағы 3 млн сум муғдарында қаржылай жәрдем берилетуғын болды.
Болып өткен қабыллаўда пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилиги сол орында өзиниң унамлы шешимин тапты.