Оқыӯшылардың жоқары оқыӯ орынларына кириӯ бойынша лицейимиз биринши орында

Оқыӯшылардың жоқары оқыӯ орынларына кириӯ бойынша лицейимиз биринши орында

27.10.2020 16:03:50 1204 Баспаға шығарыў

Ташкент Мәмлекетлик аграр университети Нѳкис филиалы академиялық лицейи 4 бағдар бойынша (Анық пǝнлер бағдары (математика, физика ҳәм қарақалпақ тили   ҳәм әдебияты), тǝбийи пǝнлер бағдары (биология, химия ҳәм қарақалпақ тили ҳәм әдебияты), социал-гуманитар бағдары (қарақалпақ тили ҳәм әдебияты, тарийх ҳәм инглиз тили),  шет тиллер бағдары (инглиз тили, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты ҳәм тарийх) оқыўшыларға сыпатлы тǝлим бериўди жолға қойған. Оқыў мүддети 2 жыл. 2019-2020-оқыў жылы 3 бағдарда Анық  пәнлер, табийий пәнлер ҳәм социал-гуманитар пәнлер бағдарында жәми 77 оқыўшы питкерди.

Оқыӯшыларымыз жоқары оқыӯ орынларына кириӯ көрсеткишлери бойынша лицейимиз Қарақалпақстан Республикасында биринши орында.

Олардан Республикамыздың жоқарғы оқыў орынларына Анық  пәнлер бағдары 26 оқыўшыдан 24 оқыўшы, табийий пәнлер бағдарынан 26 оқыўшыдан 23 оқыўшы ҳәм социал-гуманитар пәнлер бағдарынынан 25 оқыўшыдан
20 оқыўшы жами 77 питкериўшиден 67 оқыўшы яғный 87 % жоқары оқыў орынлары студенти болыў бахтына мияссар болды.

Бул кѳрсеткишге ерисиўде академиялық лицейде  оқыў-тәрбия ислериниң дурыс жолға қойылыўы, жәмәәттеги ѳз-ара ҳурмет, татыўлық, ѳз кәсибине садықлық пенен бир қатарда пидайы оқытыўшылар математика пәни жетекши оқытыўшысы М.Генжебаева, тарийх пәни жетекши оқытыўшысы Б.Узақов, химия пәни оқытыўшылары З.Тажимуратова, М.Жумамбетова, Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшылары А.Алламуратов, З.ϴтениязова, инглис тили пәни оқытыўшысы Т.Утениязов ҳәм Ш.Еримбетованың мийнети улкен.

Оқыў пәнлерин жақсы ѳзлестириўи нәтийжесинде М.Узақбергенова тест сынақларында 60 сораўдан 60 туўры белгилеп ең жоқарғы 189 балл,  60 сораўдан 59 сораў туўры белгилеп Б.Айтмуратов 185,9 балл, А.Қурбашов
185,8  Ж.Оңғарбаева 185,8 балл топлады.

Жасларға билим сырларын үйретиўде академиялық лицейде 26 жоқары категориялы оқытыўшылар сабақларды сыпатлы ҳǝм заманагөй усылда өтип келмекте. Ҳәр бир кафедра мультимедия ускенелери, проектор, ноутбук ҳǝм электрон доскалар менен тǝмийинленген.

Оқыў орнында химия, биология, физика лабораториялары, компьютер, лингафон ханалары турақлы ислеп тур. Оқыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўде пǝн ҳǝм спорт дөгереклериниң жумыслары туўры жолға қойылған. Оқыўшылардың спортқа болған қызығыўшылығын асырыўда олардың ден саўлыгын беккемлеў ушын спорт пенен турақлы шуғылландырыў мақсетинде спорт зал, ашық теннис корды ҳǝм жаңадан салынған киши футбол  майданшасы турақлы ислеп тур.

 

Е.Мадреймов

Ташкент Мәмлекетлик аграр
университети Нѳкис филиалы
академиялық лицейи директоры.

Пайдалы ресурслар
Skip to content