Бүгинниң қаҳарманы

Бүгинниң қаҳарманы

09.01.2023 11:00:03 174 Баспаға шығарыў

8 – январь – Өзбекстан Республикасы Прокуратура органлары хызметкерлери күни

Ҳүждан алдында таза болыў бул ҳақыйқый бахыт

Жыллар даўамында өз кәсибине садық бола алған инсан ҳаққында сөз етемиз.

Ҳаял – ол шаңарағының уйтқысы опалы өмирлик жолдас меҳрийбан ана .

Ҳаял өзиниң шаңарағын бахыт шадлыққа толтырса ҳәмде жәмийетте өзиниң белгили орнына ийе болса оны ҳақыйқый бахытлы ҳаял деп атаймыз.

Бүгин биз сөз етпекши болған қаҳарман сиз оны таныйсыз жигирма бир жыллық тәжрийбеге ийе Шымбай районы прокуроры орынбасары Базаргул Байманова Тилегеновна .

Кәсибине байланыслы өмирде көп сынаўларға тек пәк кеўли ҳүжданы менен қарар қабыл етип жеңип киятырған ҳаяллардың бири.

Оның принциплерин ҳәтте ата-анасы өзиниң жақынларыда өзгерте алмайды.

Минези ашық кеўил ҳәзиллескенди унататуғын өмирдиң ҳәр күнинен шадланып жасайтуғын инсан.

Сырттан бийтаныс адамға адам менсинбейтин көкирек болып көрингени менен жас балалардай пәк кеўили бар жүреги меҳирге толы киши пейил инсан.

Ҳеш қашан өтирикти кеширмейди сатқынлыққа жақсы жуўап қайтара алатуғын өзиниң қәдирин билетуғынлар қатарынан.

Енди өмир жолы ҳаққында

1977 – жыл 17 – июнь күни Шымбай районында туўылған.

Дәслепки жумыс орыны болса 2001- жылы Нөкис қаласы ҳәкимлиги жанындағы ержетпегенлер бойынша комиссиясы жуўаплы хаткери болып жумыс баслаған.

Шаңарақлы өмирлик жолдасы Б.Бегдуллаев пенен бирге уш перзентти тәрбияламақта.

Ерлер менен теңдей жумыс алып барып атырған шаңарақ перзент тәрбиясы ҳәммесине улгерген қаҳарманымызға бүгин байрам мүбәрек деймиз.

Автор : Наргиз Азатовна

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content