Бүгинги күнде наӯқаслардың дәртине шыпа таӯып атырған шыпакерлеримизге қанша алғыс айтсақта аз.Себеби олардың мийнетин ҳеш нәрсе менен баҳалап болмайды.Бир нешше күннен берли аӯырып Шымбай районлар ара арнаӯлы саралаӯ орайында Тахтакөпир районынан келип емленип артыған Б.Рузеймовтың шыпакерлерге алғысы шексиз.
– Мен емлеӯханаға түскен күним жағдайым аӯыр еди, өзимнен өткенин өзим билемен.Бул жерде ӯақтында дәрилердиң үзликсиз қабыллаӯым ҳәм ыссы аӯқат пенен тәмийинеӯи арқасында бүгин жақсыман.Өзлериниң наӯқаслардан шийрин сөзин аямай атырған шыпакерлерге солардың қатарында районлық медицина бирлеспеси баслығы ӯазыйпасын ӯақтынша атқарыӯшысы А.Тажимуратовқа ҳәм усы орайдың шыпакери Е.Мәдреймовларға алғысым шексиз.Себеби олар тез-тез жағдайымнан хабар алып өзлериниң кеңеслерин берип.Тийкарғысы тез тәӯир болыӯыма исеним пайда ете алды.Ақ ҳалат кийген усындай шыпакерлеримиз наӯқасларға қараӯда күш -қуӯат тилеймен-дейди Б.Рузеймов.