Бүгин сиясий искер, мәмлекетлик ғайраткер, дерлик 50 жыллық мийнет жолы даўамында өзиниң үлкен басшылық потенциалы, бай билим ҳәм тәжирийбеси, инсаныйлық пазыйлетлери, Ўатанымызға шексиз муҳаббаты ҳәм садықлығы менен ҳақылы түрде халқымыздың жүрек төринен терең орын алған уллы инсан Муса Тажетдинович Ерниязов туўылғанының 75 жыллық юбилейи мүнәсибети менен кең көлемли илажлар өткерилди.