Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қытай мәмлекетинен келген инвесторды қабыллады

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қытай мәмлекетинен келген инвесторды қабыллады

22.12.2022 16:23:28 182 Баспаға шығарыў

Қытай Халқ Республикасының “Korporaciya Aral Sanbao” ЖШЖ формасындағы сырт ел кәрханасы директоры Канг Литиан бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың қабыллаўында болды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.

Қабыллаўда “Korporaciya Aral Sanbao” ЖШЖ сырт ел кәрханасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасында жаңа тараўлар бойынша бирге ислесиўди жолға қойыў имканиятлары ҳаққында сөз етилди.

Сөйлесиўлер даўамында артемия фермасын шөлкемлестириў, ҳәр қыйлы ишимлик суўларын ислеп шығарыў сыяқлы жойбарлар, сондай-ақ, нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў, компания искерлигин еки жөнелисте кеңейтиў бойынша мәселелер көрип шығылды.

Өз нәўбетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздың потенциалы, инвесторлар ушын экономикалық ҳәм санаат зоналарындағы жеңилликлер, сондай-ақ, келеси бирге ислесиўлердиң перспективалы жөнелислери ҳаққында атап өтти.

Ушырасыў даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы еки тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыўды ҳәм республикамыз аймағында жаңа жойбарларды иске түсириў арқалы жумыс орынларын жаратыў нийети бар ҳәр қандай инвестор қоллап-қуўатланатуғынлығын айтып өтти ҳәм барқулла бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирди.

Пайдалы ресурслар
Skip to content