Өзиниң бай билим ҳәм тәжирийбеси менен елимиздиң раўажланыўы жолында аянбай мийнет еткен белгили жәмийетлик искер Муса Тәжетдинович Ерниязовтың туўылғанына 75 жыл толыўы мүнәсибети менен районымызда еслеў кешеси өткерилди.
Хақыйқатында да, Муса Тәжетдинович Қарақалпақстанның ҳақыйқый перзенти, ҳақыйқый қаҳарманы еди. Бул үлкениң ҳәр бир қарыс жерин бес бармағындай билетуғын, қай жерде қандай машқала бар, адамлар қандай шараятта жасап атыр, не ислесек бул машқалаларды шешиўге болады, буның ушын қандай шешим керек, барлығын билетуғын еди ҳәм ол өз өмирин ақырғы күнлерине шекем усы машқалаларды шешиўге бағышлады. Ол бир өмир өзи сыяқлы ақкөкирек, туўры сөзли ҳәм кишипейил адамлар менен бирге болып, ҳәр бир пуқарамыздың дәрти, тәшўиши менен жасады.