Президентимиздиң басламасы менен ҳәр жылы декабрь айының екинши екшембиси елимизде Аўыл хожалығы хызметкерлери күни сыпатында кең түрде белгиленип келинбекте.
Тараўға қаратылып атырған айрықша итибар дийқанларымыз бенен фермерлеримизге, аўыл халқына айрықша күш-жигер бағышлап, олар жылдың машақатлы келиўине қарамастан пахта, бийдай ҳәм басқа да аўыл хожалығы егинлеринен мол зүрәәт жетистирип келмекте.Бүгин Шымбай районы «Тағжап» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағында Зүрәәт байрам” илажы өткериледи.Оған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Д.Қайпов,район ҳәкими А.Тажетдиновлар қатнасып байрам илажын ашып берди ҳәм бүгинги байрам менен жыйналғанларды қызғын қутлықлады .Сондай-ақ аӯыл хожалығы тараӯында белсендилик көрсеткен алдағы фермер хожалық баслықлары сыйлықланды.