Бүгин районымыздағы жаслар майданшасында район ҳәкими А.Тажетдинов қатнасыӯында илаж болып өтти.Илаждың тийкарғы мақсети Шымбай районында 22 мәхәлледеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен үйме-үй жүрип хатлаӯ өткериӯ нәтийжесинде жумыссыз пуқараларды анықлап, оларға Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 11-майдағы қарарына тийкар 132 пуқараға субсидия есабынан аспап-үскенелер ҳаяллар ушын тигиӯ машиналары тапсырылды.Буннан тийкарғы мақсет халықтың бәнтлигин тамийинлеп, оларға қосымша дәрамат дерегин жаратыӯ болып табылады.