Меҳир ҳәрекети

Меҳир ҳәрекети

13.12.2022 10:06:37 197 Баспаға шығарыў

 

Шымбай районы ҳәкими, 1-сектор баслығы А.Тажетдинов «Меҳир ҳәрекети» шеңбериндеги талапларды басшылыққа алып, сектор аймағында жасаўшы аўыр шараятта жасап атырған пуқаралардың  шаңарақларына барып  машқалаларын  үйренди. Атап айтқанда «Кеңес» аӯыл пуқаралар жыйыны турғыны М.Утепбергенова ҳәм де П.Бекназаровлар шаңарығында болып олардың жасаӯ шараяты менен танысты. Сондай-ақ, сектор баслығы  тәрепинен усы шаңарақларға азық-аўқат өнимлери, қыс мәӯсиминде үйди жылытыӯ үскенелери тапсырылды.

Пуқаралардың бул итибардан кеӯли толып, өзлериниң шексиз миннетдаршылығын билдирмекте.

Елимизде өткерилип атырған «Меҳир ҳәрекети» шеңбери районымызда еле де даӯам етеди. Бундағы тийкарғы мақсет –  пуқаралардың кеӯиллерине меҳир улесиӯ болып табылады. Бул «Меҳир ҳәрекети» шеңберине ҳәмме белсене қатнасайық.

Пайдалы ресурслар
Skip to content