Шымбай районы “Камалак” балалар шөлкеминиң VI Президиум мәжилиси өткерилди

Шымбай районы “Камалак” балалар шөлкеминиң VI Президиум мәжилиси өткерилди

26.10.2020 19:40:11 367 Баспаға шығарыў

Балаларды улыўма инсаныйлық ҳәм миллий қәдириятлар тийкарында тәрбиялаў, оларға ана Ўатанды сүйиўди, ардақлаў ҳәм оның раўажланыўы ушын өз үлесин қосыўды үйретиў, жаслардың китапқумарлыққа, көркем-өнер ҳәм мәдениятқа болған қызығыўшылығын асырыў, қәбилетин қоллап-қуўатлаў ҳәм жүзеге шығарыўды өз алдына мақсет қылған Шымбай районы “Камалак” балалар шөлкеминиң нәўбеттеги Президиум мәжилиси өткерилди.

Шымбай районындағы 49-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде өткерилген Президиум мәжилисинде район ҳәкими мәсләҳәтшысы,
Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңеси, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими, Халық билимлендириў бөлими, районлық Мәденият бөлими, басланғыш шөлкем жетекшилери ҳәмде белсенди жаслар қатнасты.

Президиум мәжилисинде өткен жаз даўамында әмелге асырылған жумыслар есабаты тыңланды ҳәм алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгиленди.

Тийкарынан:
Барлық оқыў орынларында дәстүрий тәризде сабақ өтиў басланды ҳәм усы тийкарында тәлим сапасын асырыў, жасларды китапқумарлыққа кең түрде қамтыў, үй шараятында тәлим алып атырған оқыўшылар менен тығыз ислесиў, бес баслама тийкарында фестиваллар шөлкемлестириў режелестирилди.
Соның менен бирге Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўы бойынша барлық улыўма билим бериў мектеплери ушын мониторинг системасының енгизилиўи ҳәм социаллық сайтларда турақлы түрде жарытылыўы бойынша усыныслар берилди ҳамде
Президиум ағзалары тәрепинен мақулланды.
Президиум мәжилиси соңында районлық “Тәлим” бағдары сәрдары
Дилара Салиева өзиниң “Сәрдарлар светафоры” ҳәм “Алтын минбер” атамасындағы таза жойбарлары менен таныстырды.

Пайдалы ресурслар
Skip to content