Қызылша қандай қеселлик?

Қызылша қандай қеселлик?

07.12.2022 10:04:19 228 Баспаға шығарыў

Қызылша қандай қеселлик, оның пайда болыўына нелер себеп болады, емлеў илажлары қандай? Сол сыяқлы сораўлар ата-аналардың орынлы қайғыланыўына себеп болыўы тәбий.

Қызылша-өткир жуқпалы кеселлик болып, дене температурасының көтерилиўи, жоқары дем алыў жоллары, көз силекей пердеси, аўыз бослиғының исип кетиўи ҳәм териде қызыл, ири дақлардың пайда болыўы менен характерленеди. Кеселлик қозғатыўшысы вирус екенлигин айрықша атап өтиў керек. Наўқас жөтелгенде, тушкургенде, сөйлесиў ўақтында майда тамшылар арқалы ҳаўаға өтип, соң дем алыў жоллары арқалы саў баланың организмине өтиўи менен характерленеди.

Сол орында қызылшаға әдетде ҳәмме адамлар берилиўшең болыўын естен шығармаў керек. Кеселликтен кейин турақлы иммунитет пайда болады. Кеселликтың кешиўи 4-басқышда болып, жасырын дәӯири болса 6 -18 күнди қурайды. Естен шығармаў керек кеселлик белгилери дерлик сезилмейди. Продромал дәуир инкубатцион дәуирден кейин 3-4 күн даўам етеди. Кеселлик өткир басланып, температура көтериледи, наўқас қурғақлай жөтеледи, тымаў, көзи қызарады, жасланады, даўысы буўылып қалады, жақтылыққа жүда сезиўшең болады

Бул дәуирде аўыз бослығының силекей қабатында таспалар пайда болыўынан 2-3 күн алдын қызыл майда ақ дақлар пайда болады. Таспалар пайда болғанан кейин 1-2 күнде жоғалып кетеди. Жумсақ ҳәм қатты таңлайдың силекей пердесинде Енантема майда қызыл дақлар пайда болады. Соған байланыслы баланың дымары қуриб, ынжық болып қалады, уйқысы, иштейи жоғалады, тез-тез иши кетеди.

Үлкен жаслы балаларда бул жағдай қандай кешиўине итибар қарататуғын болсақ, бас аўрыўы, қусыў, мурыннан қан кетиўи, қарын әтрапында аўрыў гүзетиледи. Таспалар тасыўы дәуиринде наўқасда қайта дене температурасы көтериледи, тамағында қызарыўлар пайда болады. Кеселликтиң 4-6 күнине  келип айрықша қызыл, ири дақ таспалар пайда болып, бир неше сааттан соң пүткил денеге тарқалады. Таспалар тасыўы екинши күни денеге, үшинши күни болса аяқ -қолға тарқалыўы гүзетиледи. Қызылша кеселлигинде тери ызғар болып, бир аз тери қышыйды 3-4 күнден кейин таўыр болыў дәӯири басланады. Жүздеги таспалар қарая баслайды ҳәм дақларға айланады. Өкпеның исиўи  тамақ безлериндеги өзгерислер, орта қулақтың исиўи  (отит), ишек кеселликлери сыяқлы тәсирлер гүзетиледи. Кизамиқ кеселлиги әсиресе 2 жасқа шекемги балалар, соның менен бирге, басқа жасдағы нәренжан балалар ушын әсиресе қәуипли есапланады. Усының нәтийжесинде оларды қызылшадан жүдә абайлаў зәрүр. Балаларды емлеў календарына тийкарынан 12-айлықтан баслап қызамық, қызылша, паротит кеселликлерине қарсы емлеў зәрүрли әҳмиетке ийе. Тағы соны атап көрсетиў керекли, перзентлеримиз бул кеселликлерге қарсы емленгенде ҳәр қандай кеўилсиз жағдайларды алдын алған боламыз. Ҳүрметли ата-аналар перзентлеримиздиң саламатлығы өз қолымызда итибарлы болайық!

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content