Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-август күнги “Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын енгизиў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-5216-санлы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 25-октябрь күнги “Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балаларды социаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша ис-илажлар туўрысында”ғы 656-санлы қарары ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының
2022-жыл 13-октябрь күнги 901-санлы қарарларына тийкар, Шымбай районы аймағынан болған 7 ата-ана қарамағынан айрылған балаларға турақ-жайлар тапсырылды.