Бүгин Шымбай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында район аймағындағы үйрениўлер нәтийжесинде анықланған мүрәжатлер тийкарында 38 жас “Жаслар дәптери”не киритилип пуқаралығын тастыйықлаўшы ҳүжжет-пуқаралық паспортлары алып берилди.
Пуқаралық паспорт төлемлери “Жаслар дәптери” жамғармасы есабынан төлеп берилди.