3-декабрь Халық аралық “Майыплығы болған шахслар күни” мүнəсибети менен Шымбай районы ҳәкимлиги тәрепинен район аймағындағы социаллық жəрдемге мүтəж майыплығы болған пуқараларға байрам дәстурханы жайылды. Илажда район ҳәкими орынбасары Г.Мәмбетниязова бәрше қатнасыўшыларды сәне мүнәсибети менен қутлықлап, саўғалар тапсырды.
Буннан соң бир қатар майыплығы болған пуқаралардың шаңарақларынан хабар алып, азық-аўқат өнимлерин тарқатты.